Ең көп аятқа ийе бап неше аяттан турады?
176
Жаңа Келисимде ең көп китаптың авторы ким?
Павел
Ең көп жасаған адам неше жас жасаған?
969
Израилдың ең дана патшасы ким болған?
Сулайман
Ҳошеа пайғамбардың ҳаялы ким?
Гомер
Муўса Он Нызамды қайсы таўда алды?
Синай
Қайсы қалада Ийсаның изине ериўшилер биринши мәрте масийхыйлар деп аталған?
Антиохия
Израиль ҳалқында неше бий болған?
12
Эдом сөзиниң мәниси?
Эдом – «қызыл» дегенди билдиреди.
– Аўа, шынында да сен мениң қанлас туўысқаным екенсең! – деди. Бул сөзлер кимге қарата айтылған?
Жаратылыс 29:14 Яқып
Ийса қайта тирилгеннен кейин биринши болып кимге көринди?
Магдалалы Мариям
Ийса атанақ ағашқа шегеленгенде айыбын көрсетиу ушын жазылған "НАСЫРАЛЫ ИЙСА – ЯҲУДИЙЛЕРДИҢ ПАТШАСЫ" сөзлер қайсы тиллерде жазылған?
еврейше, латынша ҳәм грекше жазылған.
Ески Келисимдеги 39китапты избе-изликте айтып бериң.
Ж,ш,л,с,н,
Ойланбай Қудайға ўәде берип, қызын жағып жиберген бий қайсы?
Ифтах
Ең уллы буйрық қайсы?
Ийса оған:
– «Қудайың Жаратқан Ийени шын жүректен, жан-тәниң ҳәм пүткил ақыл-ойың менен сүй». Бул – биринши ҳәм ең баслы буйрық. Екиншиси де сол сыяқлы: «Өзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй».
Матта 22:37-39
Муўса неше жаста өлди ҳәм оны ким жерледи?
120, Қудай
Жейтуғыннан желинетуғын шықты, Күшлиден мазалы шықты. Жумбақтың жуўабы қандай?
Палдан татлы, Арысланнан күшли не бар?
Бунда былай деп жазылған: «МЕНЕ, МЕНЕ, ТЕКЕЛ» ҳәм «ПАРСИН». Дийўалдағы бул жазыўды көрген патша ким?
Белшассар
Оң қолымда сен көрген жети жулдыздың ҳәм жети алтын шыра қойғыштың сыры мынаў: жети жулдыз – _______, жети шыра қойғыш – ______. Булардың мәниси қандай?
жети жулдыз – жети жәмәәттиң периштелери, жети шыра қойғыш – жети жәмәәт.
Аян 1:20
Нехемияға Ерусалим дийўалларын тиклеў ушын елине қайтыўға руўхсат берген патша ким?
Артаксеркс