АРҚА СҮЙЕЎ
Биреўге исениў, соған жалыныў арқалы жеңиллик алыў, қоллаўшы ағасы болыў тб
ӘКЕСИН ТАНЫТЫЎ
Қорқытыў, қатты жүрегин жарыў.
БАРМАҚ УШЫ.
Аз ғана, азғантай.
ДӘСКЕНИ КӨТЕРДИ.
Кетип қалды, кетти.
ЕКИНИҢ БИРИНДЕ.
Сәл жерде, қәпелимде.
Аla ayaq
Jalatay, ǵazzap, aldawısh
ӘЖИЙНЕСИ ТЫРЫСЫЎ
Ашыўланыў, қырсығыў, ҳәкислениў.
БАС ЖАЗДЫ.
Арақ ишти.
ДИЙЎАЛДЫҢ ДА ҚУЛАҒЫ БАР.
Әсте сөйле, абайлап сөйле.
ЕКЕЎИ БИР ГӨР.
Уқсайды, бирдей.
AQ ÍYÍQ BOLÍW
Жалығыў, бир нәрсени көп көрип, ислеп жалығыў
ӘЎЕРЕ-САРСАҢ БОЛЫЎ.
Не ислерин билмеў, не менен шуғылланарын билмеў.
БАСЫ АЛТАЎ ЕМЕС.
Қорқады.
ДИНИН ЖОЙТТЫ.
Уятсыз, инсапсыз, иймансыз.
ЕКИ ШОҚЫП БИР ҚАРАДЫ.
Сақлық етти.
AYÍ ALÍNÍW
Катты Шаршау, Катты Коргыв
ӘНЖАМЫН ЖЕЎ
Таярланыў, күтиниў, алдын-ала таярлық көриў
БАСЫ БЕРК КӨШЕ.
Илажын табыў қыйын болған аўҳал.
ДУЗЫ ТУТТЫ.
Оңбады.
ЕСИК КОРМЕГЕН.
Турмыс қурмаған, турмысқа шықпаған.
AWZÍ ǴAJÍW
Сойлемшек, коп сойлеуге уйренип кеткен
ӘНТЕК БОЛДЫ.
Онша ылайық болмады, орынсыз, қәте.
БЕТИН БАСТЫ
Уялды, тартынды, қысынды.
ДӘРТ ҚОЗҒАДЫ.
Қайғырды, уўайымлады.
ЕШЕККЕ ЯСИЙИН ОҚЫҒАНДАЙ.
Түсинбейди, маңбас.